ХАЛЫҚ ДӘСТАНЛАРЫНДА БАТЫРДЫҢ КӘРАМАТЛЫ ТУЎЫЛЫЎЫ МОТИВИНИҢ ТҮРЛЕРИ

Authors

  • Р. Исаков Қарақалпақ гуманитар илим изертлеў институты докторанты

Keywords:

қаҳарманның туўылыў мотиви, қаҳарманның туўылыўы, тотем-баба, пери менен некелесиў, гөрде туўылыў.

Abstract

Мақалада қарақалпақ халық дәстанларында перзенттиң туўылыў мотивиниң түрлери көрсетип өтиледи. Қарақалпақ халық дәстанларында туўылажақ батырдың әкесин бай, ҳасылзада, төрт түлиги сай, урыў яки қәўим басшысы, айырым дәстанларда ел ағасы, хан ҳәм т.б. сыпатында сүўретлеў турақлы поэтикалық дәстүрге айланған болса, ал, батырдың анасы жолбарыстың жүрегине, бөриниң гөшине ҳәм т.б. жыртқыш ҳайўанларға жерик болады, толғағы аўыр келеди яки анасы пери болады. Усы өзгешеликлерине бола дәстанлардағы перзенттиң туўылыў мотивиниң түрлери ғайрытәбийий туўылыў, тотемнен туўылыў, әрўақлардың көмеги менен туўылыўы, перзентке зар кексе ата-ананың мусылман әўлийе-әнбияларға сыйынып, солардың басына түнегеннен кейин тилеклери қабыл болып, анасының бойына питиўи, пери менен адамның қосылыўынан туўылыўы, гөрде туўылыўы сыяқлы болып келеди.

References

Жирмунский В.М. Сказание об Алпамыше и богатырская сказка. – М.: Изд.вост.лит., 1960.

«Илимхан». Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. 47-том, Нөкис, «Илим». 2013.

«Бозуғлан». Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. 17-том, Нөкис, «Илим». 2010.

«Шийрин-Шекер». Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. 42-том, Нөкис, «Илим». 2011.

Мәспатша. Көптомлық. X том. (Қыяс жыраў варианты). – Нөкис: Қарақалпақстан, 1982.

Қарақалпақ фольклоры. Алпамыс. Қоблан. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1995.

Марғулан Ә. Ежелги жыр-аңыздар. – Алматы: Жазушы, 1985.

«Әўезхан». Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. 30-том. – Нөкис: Илим, 2011.

«Қараман». Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. 21-том. – Нөкис: Илим, 2011.

Downloads

Published

2023-06-10

Issue

Section

Articles